Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.
Мәжилисти комитет баслығы М.Атамуратов басқарып барды.
Күн тәртибинде дәслеп комитет баслығының орынбасарын сайлаў мәселеси қарап шығылды, 21-санлы “Әмирабад” сайлаў округинен Алмагул Байриева сайланды. Сондай-ақ, комитет хаткери етип 3-санлы “Медицина” сайлаў округинен депутат Марина Ли сайланды.
Буннан соң, комитеттиӊ 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асыратуғын илажлардың ис режесин ислеп шығыў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Мәжилис даўамында халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы мәселе сын көз-қараста көрип шығылды. Депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Мәжилис жуўмағында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги