Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары, Әдиллик министрлиги ўәкиллери, адвокатлардың қатнасыўында өткерилген ашық сәўбетлесиўде судлардың басшылары судьялар ҳәм адвокатлардың ғәрезсизлиги мәселелери, адвокатларды қыйнап киятырған машқалалардың шешим табыўы бул ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет екенлигин атап өтилди.
Ашық сәўбетлесиўде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сондай-ақ, суд процесинде тәреплердиң тартысыў ҳәм теңлик принципин әмелде толық тәмийинлеў бағдарындағы өзгерислер, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын еледе реформалаў бағдарында исленип атырған жумыслар жөнинде кең мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, бул бағдарда адвокатлар өзлериниң профессионал жумысын әмелге асырыўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша анық иләжлар көрилиўи зәрүр екенлигин айтып өтти.
Халқымыздың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў ҳәм суд-ҳуқық тараўына байланыслы басқада әхмийетли мәселелер талқыланған илажда атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық реформалары суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин ҳәм судлар искерлигинде ашықлықты тәмийинлеў менен бирге пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейттириў имканиятын берди.
Сонлықтанда, ушырасыўда суд процесинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди исенимли ҳәм ҳәртәреплеме қорғаў ҳуқықы менен тәмийинлеў бағдарында жүзеге келип атырған машқалалар, олардың шешимлери, әдил судлаўға ерисиўде адвокатлардың орны ҳәм ролин еледе асырыў мәселелери де кең талқыланып, пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда тосқынлық етип атырған факторлар және оларды сапластырыў бойынша зәрүр пикир ҳәм усыныслар билдирилди.
Конструктив руўҳта өткен ушырасыў жуўмағында адвокатлар өзлериниң қызықтырған мәселелер ҳәм жүзеге келип атырған машқалалар бойынша судьяларға тиккелей мүрәжат етти ҳәм толық жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги