Кегейли районында «Әдиллик сейили» ҳуқықый акциясы шөлкемлестирилди.

Акция шеңберинде суд, ҳуқық мәселелери бойынша көшпели қабыллаўлар өткерилип, онда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға бийпул ҳуқықый түсиниклер ҳәм юридикалық хызметлер көрсетилди. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте гүзги-қысқы мәўсимде өрт ҳәм авария жағдайларына қарсы гүресиў ҳәм бундай жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў бойынша қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди.

Сол күни районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими менен биргеликте бос жумыс орынларының мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Д.Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги