1-декабрь – қарақалпақ тилине мәмлекетлик  тил бийлиги берилген күн

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан  Республикасы Кеңеси тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте университетеги студент-жаслар арасында 1-декабрь –  Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги  берилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен «Ана тилим – ар-намысым!» сүрени астында диктант жазыў бойынша таңлаў ѳткерилди

Таңлаўдың мақсети – жасларды ана тилимизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларды ана тилинде таза ҳәм анық сөйлеўге үйретиў, қарақалпақ тилиниң бай сөзлик дереги менен жақыннан таныстырыў, сондай-ақ, студент-жаслардың жазба саўатлылығын  раўажландырыўдан ибарат.

Шынында да, ҳǝр бир инсан ушын ана тили қәдирли. Бөбектиң қулағына ана ҳǝййиўи арқалы кирип, ең биринши Ана деген сөзди де нәрестениң шийрин тилинде жаңлатқан бул руўхый күш ҳәм оның қүдирети алдында бǝршемиз тәжим етемиз. Халық аўызеки дөретпелери, шайыр-жазыўшылардың көплеген шығармалары арқалы да ана тилимиздиң бай сөзлик қорына ийе екенлигин көремиз.

Тил – бул тек ғана қарым-қатнас қуралы болып қалмастан, халқымыздың бай мǝдений мийрасларын, тарийхын өзинде жǝмлеген, билимниң тийкары ҳǝм қǝдириятларымыздың негизи болып табылады.

Ана тилимиздиң мәмлекетлик тил сыпатында ҳуқықый кепиллениўи, ҳǝр биримиздиң ана тилимизге болған ҳүрметимизди еле де арттырады, соның менен бирге, үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Солай екен, ана тилимиздиң тазалығына дыққатлы болыў,  сөйлеў нормаларының бузылыўының алдын алыў, дурыс сөйлеў ҳǝм жазыў саўатлылығын жоқарылатыў – бүгинги күнде елимиздеги ҳǝр бир инсанның тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.

Таңлаў университетте күндизги тәлим бағдарында оқып атырған студент-жаслар арасында болып ѳтип, диктант қарақалпақ тилинде (латын графикасында) алынды.

Таңлаўдың барысы Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери ҳәм филолог-оқытыўшы қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланды.

Ҳәр бир факультеттен 4 студент қатнасып, таңлаў соңында ең қәтесиз жазылған диктантлар, сондай-ақ, «Ең жақсы қолтаңба ийеси» номинациясы бойынша жәми 4 жеңимпаз анықланады. (1-2-3-орынлар ҳәм 1 номинация)

Жеңимпазлар байрам сәнеси алдынан университетте ѳткерилетуғын илажда шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланады.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги