Мәжилисте шөлкемлестириў мәселе көрип шығылды.

Миллий олимпиада комитетиниң баслығы лаўазымына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң кондидатурасы усынылды ҳәм бир даўыстан сайланды.

Сондай-ақ, Бас ассамблея МОК баслығының биринши орынбасары лаўазымына Отабек Умаровты, баслық орынбасары лаўазымына Шерзод Ташматовты, комитет бас хаткери лаўазымына Ойбек Қосимовты сайлады.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Президент Администрациясы департаментиниң баслығы Одил Абдураҳманов, спорт министри Адҳам Икрамов, Бас ассамблея ағзалары, сондай-ақ, федерация ҳәм ассоциациялардың жуўапкерлери де қатнасты.