Алдын хабар бергенимиздей, Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина тараўында халықаралық бирге ислесиў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усындай бирге ислесиўлер шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинен дүзилген топар ағзалары Башқуртстан Республикасында өткерилип атырған “Шаңарақ саламатлығы дыққат итибарда” регионлар аралық форумы конференциясында қатнасты.

Министрлик қурамынан дүзилген топарға Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Т.Сарбаев басшылық етти.

Конференцияда ана ҳәм бала саламатлығын қорғаў бойынша тийисли тараў басшылары, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери, акушер-гинекологлар, педиатрлар ҳәм неонатологлар қатнасты.

– Конференцияда өз-ара тәжирийбе алмасыў бойынша талқылаў майданшасы жаратылған. Ис-тәжирийбемизде бул конференция, әлбетте, өз нәтийжесин береди,-дейди Қараөзек районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Али Тоқсанбаев.

Форумда тәжирийбе алмасыў, өз-ара пайдалы келисимлер дүзиў, бирге ислесиўлерди жолға қойыў бизиң баслы мақсетимиз, болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги