Ислам бирге ислесиў шөлкеми мәлимлеме агентликлери аўқамы UNA-OIC мәлим етиўине бола, Бас хаткер Ҳусайн Иброҳим Тоҳа мәмлекетимиздиң Саудия Арабстаны Патшалығындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғуновты өз офисинде қабыл етти. Дипломатымыз Өзбекстанның структурадағы турақлы ўәкили сыпатында оған исеним жарлығын тапсырды.

Тәреплер тығыз бирге ислесиўдиң әмелдеги жағдайын айрықша атап өтип, түрли тараўлардағы байланысларды жеделлестириў перспективаларын додалады.

М.Пирматова, ӨзА