Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимиз  көлеминде старт берилген “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары республикамызда да қоллап-қуўатланбақта.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан видеобайланыс арқалы елимиз абаданлығына, жасыл белбеўлерди пайда етиўге үлес қосыўды нийет еткен республика белсендилери, жаслар, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар, мәкеме, шөлкемлер хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Нөкис қаласы әтирапында терек нәллерин отырғызыў жумыслары баслап жиберилди.

Быйылғы жылдың гүз мәўсиминде “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде жәми 5 миллион 600 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәли егилиўи нәзерде тутылған болып, реже артығы менен орынланыўы белгиленген. Бул илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде нәлханаларда терек нәллериниң резерви жаратылып, 6 миллион 764 мың дана декоратив ҳәм мийўели терек нәлин сатып алыў ушын шәртнама дүзилген.


Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда 2 миллион 812 мыңнан аслам терек нәли егилип, бул жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги