Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрьдеги «Мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларын аттестациядан өткериў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық быйылғы жылдың октябрь-ноябрь айларында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары тәжирийбе тест сынақларынан өткериледи.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында сынақ процесслери басланды.
Илажда атап өтилгениндей, жаңа тәртипке бола, сынақлар еки басқышта әмелге асырылады. Биринши басқышта қәнигелик илиминен педагоглардың билими (билиў, қолланыў, таллаў көнликпелери), екинши басқышта – олардың педагогикалық шеберликлери баҳаланады. Биринши басқышта – педагогтың қәнигелик пәни ҳәм кәсип стандарты бойынша билим дәрежеси баҳаланып, қәнигелик пәни бойынша 35 ҳәм кәсиплик стандартларына байланыслы 5 тест сораўы, екинши басқышта – педагогикалық шеберликти анықлаў мақсетинде 10 сораў-тапсырма бериледи. Ҳәр еки басқыш та компьютерде реал ўақыт режиминде (онлайн) өткериледи.
Белгиленген нормалар тийкарында, 56 қәнигелик пәни бойынша 3 (Өзбек, рус, қарақалпақ) тилде, баслаўыш класс оқытыўшылары ушын 5 (Өзбек, рус, қарақалпақ, түркмен, қазақ) тилинде өткерилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жуўапкерлериниң атап өтиўинше, тест сынақларында 13 мың 609 талапкер педагогтың қатнасыўы күтилмекте.
Билимлендириўдиң сапасын арттырыўда өз үстинде тынымсыз ислейтуғын, билими ҳәм тәжирийбеси жоқары болған муғаллимлердиң орны теңсиз екенлигин атап өтиў зәрүр. Усы аттестация сынақлары, әне, усындай маман муғаллимлер санының артыўы ҳәм соның нәтийжесинде, мәмлекетимизде билимлендириў сапасының артыўына хызмет етеди.
Даўыт Абибуллаев, Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет)
Қарақалпақстан хабар агентлиги