Президент тәрепинен 2024-жылдың 20-ноябринде қабыл етилген қарар менен «Ўатанлас» гүўалық  ҳәм «Ўатанлас» картасын рәсмийлестириў, бериў ҳәм бийкарлаў тәртиби ҳаққында Реже тастыйықланды.

Реже менен елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасыўға умтылып атырған ўатанласларымызға «Ўатанлас» гүўалығын ҳәм «Ўатанлас» картасын рәсмийлестириў, бериў ҳәм бийкарлаў тәртиби белгиленди.

«Ўатанлас» гүўалығы сырт елде жасап атырған ўатанласлар ушын хошаметлеў түри болып есапланады. Ол мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасып атырған, Өзбекстанның басқа мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырған, сондай-ақ республикада қайырқомлық (меценатлик ) пенен шуғылланып атырғанларға бериледи. Бул ҳүжжет «Ўатанлас» картасын алыў ушын тийкар болып хызмет етеди.

Гүўалық бериў ҳаққындағы усыныслар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен берилген усыныслар ҳәм басламалар тийкарында Комиссияға киргизиледи.

«Ўатанлас» картасы – ID-карта усылындағы ҳүжжет болып, гүўалық тийкарында 5 жыл мүддетке (ўатанластың миллий паспорты әмел етиў мүддетинен аспаған ҳалда) бериледи ҳәм Өзбекстан аймағында белгиленген жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықын береди.

«Ўатанлас» картасы Өзбекстан аймағына визасыз кириў ҳәм шығыў, сырт ел пуқаралары ушын белгиленген шеклеўлерсиз ҳәм Өзбектанда жасаў гүўалығына ийе болмаўы көшпес мүлкти сатып алыў , сырт ел пуқаралары ушын мийнет жумысын әмелге асырыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз мийнет жумысы менен шуғылланыў ҳуқықын береди.

Өзбекстан пуқаралары ушын нәзерде тутылған шәртлерде медициналық, билимлендириў ҳәм басқа мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў мүмкин. Бунда карта ийелериниң шаңарақ ағзалары (ата-аналар, ерли зайыплылар ҳәм жас өспирим балалар) да Мәмлекетлик бажы төлеместен ҳәм Өзбекстан аймағын тарк етпестен виза ўақытын узайттырыў имканияты, Өзбекстан пуқаралары ушын нәзерде тутылған шәртлерде медицина, билимлендириў ҳәм басқа мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў мүмкин.

Сондай-ақ, мәмлекетлик бажы төлеместен ишки ислер уйымларында ўақытша жасаў мүддетин дизимнен өткериўден ҳәм создырыў жеңилликлерге ийе болады.

Концепцияға бола, сырт елде жасап атырған ўатанласлар: Өзбекстан аймағынан сыртта турақлы жасап атырған яки оқыў, мийнет жумысы, шаңарақлық ҳәм басқа жағдайлар себепли менен сырт елде ўақтынша болып турған Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстаннан сырт елге шығып, сырт мәмлекет пуқаралығын уйымлар, сондай-ақ, олардың әўладлары, Ўатанға руўхый жақтан жақынлығын сақлап қалған ҳәм Өзбекстан Республикасы менен мәдений-гуманитарлық, социаллық-экономикалық ҳәм басқа байланысларды раўажландырыўға умтылып атырғанлар жеңилликлерге ийе болады.

Сырт елде жасаўшы, этникалық ҳәм тили, сондай-ақ, мәдений-тарийхый көзқарастан өзин өзбек яки қарақалпақ деп есаплайтуғын ҳәм Өзбекстан менен ҳәр тәреплеме байланыста болыўды қәлейтуғын сырт ел пуқаралары яки пуқаралығы болмаған шахсларға жеңилликлер бериледи.

ӨзА