Соңғы ўақытларда газеталардың абырайы бурынғыдай емес, гаджетлер ҳәм социаллық тармақлар себеп олар өз әҳмийетлилигин жойтқан деген гәплер қулағымызға шалынады, бирақ ҳәзирги ўақытта да газеталар миллионлаған тиражда басып шығарылады. Раўажланған мәмлекетлерде еле шекем бояўдың ийиси кетпеген газеталар халыққа тарқатылмақта.
Абырайлы газеталар тийкарынан өзине тән қәдириятларға тийкарланған. Жаңалықларды бириншилерден болып береди, мәлимлемени әдил ҳәм исенимли түрде усынады. Қалаберди, ўақыяны терең үйренип, кең аудиторияны қамтып алыў ҳәм темалар ҳәр түрлилиги бар. Сондай-ақ, басылымларда жеке гүрриңлер ҳәм интервьюлер де жақсы жолға қойылған. Мақалада сырт елдеги ең кең түрде тарқалған газеталар рейтингин келтирип өтемиз.
- The New York Times -дүньядағы ең абырайлы редакциялардан бири
The New York Times (NYT) 1851-жылы дүзилген абырайлы Америка басылымы. Бул АҚШта USA Today ва TheWall Street Journalдан кейин үшинши теражлы газета. Редакцияның веб-сайты айына 30 миллион адам киретуғын ең белгили жаңалықлар сайтларынан бири болып есапланады. Оның сүрени:
«Баспасөзге мүнәсип барлық жаңалықлар» (All the News That’s Fit to Print).
Басылымның журналистикаға айрықша қатнасы, халықаралық жаңалықлар ҳәм аналитикалық мақалалары менен белгили.
NYT көплеген сыйлықларға, соның ишинде, Пулитцер сыйлықларына ийе болып, дүньядағы жетекши газета брендлеринен есапланады. Басылым 150 мәмлекет журналистлериниң жаңалықлары, тексериўлери, пикирлери, фотосүўретлери ҳәм видеолары бериледи.
- The Washington Post –Американың күнделикли газетасы
1877-жылы тийкар салынған Американың жетекши күнделикли газеталарынан бири. Ол ишки сиясат мәселелерине ҳәм паш етиўши материалларға, соның ишинде, Уотергейт жәнжелине байланыслы мақалаларға итибар қаратыўы менен ажыралып турады. 2013-жылдан берли газета Amazon тийкарын салыўшысы Жефф Безосқа тийисли болып, ол онлайн сегментте инновацияларды енгизип, оқыўшылар аудиториясын кеңейтти. Газета көплеген Пулитцер сыйлықларына ерискен ҳәм өзиниң либерал сиясий бағдары менен белгили.
- The Guardian -Британияның күнделикли газетасы
Сол-либерал сиясий бағдардағы жетекши Британия газетасы. 1821-жылы дүзилген, тиражы 127 мың тиражды қурайды. Басылым Батыс арнаўлы хызметлериниң 2013-жылдағы тергеўлери менен белгили болып, оның ушын 2014-жылы Пулитцер сыйлығына ерискен. Газета Европа Аўқамын қоллап-қуўатлайды ҳәм оқыўшыларға хабаршыларды қаржылай қоллап-қуўатлаў имканиятын усыныс етеди.
- The Wall Street Journal – Американың халықаралық күнделикли исбилерменлик газетасы
WSJ -1889-жылы дүзилген Америка күнделикли исбилерменлик газетасы. News Corp холдингине киретуғын Dow Jones & Company тәрепинен басып шығарылады. Газета инглис тилинде кең форматта басып шығарылады. WSJ АҚШтағы ең ири ҳәм абырайлы басылымлардың бири болып, сиясат, экономика, қаржы ҳәм мәденият жаңалықларын қамтып алады. Ол дүзилгенинен берли 33 мәрте Пулитцер сыйлығын қолға киргизген.
- BBC News – Британия радио еситтириў корпорациясының жаңалықлар ҳәм ағымдағы ўақыялар бөлими
BBC News – бул кең көлемли жаңалықлар ҳәм таллаўларды жәриялайтуғын абырайлы дерек болып есапланады. Ол халықаралық ҳәм регионаллық ўақыяларды қамтып алып, Уллы Британия ҳәм дүньядағы ўақыяларды әдил жарытыўды тәмийинлейди. Хызмет соңғы жаңалықлар, шолыўлар, видеолар ҳәм аналитикалық мақалаларды өз ишине алады, оқыўшыларға дүнья ўақыяларының контекстин түсиниўге жәрдем береди. BBC News өзиниң сапалы журналистикасы ҳәм сиясаттан баслап мәдениятқа шекемги темаларды кең түрде қамтып алыўы менен белгили.
- CNN – Американың кабель ҳәм жасалма жолдас жаңалықлар каналы
1980-жылы Тед Тернер ҳәм Риз Шонфельд тәрепинен тийкар салынған CNN 24/7 жаңалықларды усыныс етиўши биринши канал болып есапланады. Ҳәзир Warner Брос.ға тийисли Discovery өзиниң глобал қамтылыўы, соның ишинде, 212 ден артық мәмлекетлерде эфирге жиберилетуғын CNN менен белгили.
Cиясат, экономика, денсаўлықты сақлаў, илим, кеўилашар ҳәм халықаралық ўақыяларды өз ишине алған кең көлемли жаңалықларды эфирге жибереди. Абырай-дәрежеси бойынша CNN көбинесе «жаңалықлардағы ең исенимлиси» деп аталады ҳәм ол АҚШтағы жаңалықлар тармақлары арасында жетекши орынды ийелейди.
- Al Jazeera -Қатардағы мәмлекетлик халықаралық жаңалықлар телеканалы
Қатар жаңалықлар каналы, 1996-жылы дүзилген. Ол өзиниң ғәрезсиз редакция сиясаты ҳәм Жақын Шығыс ҳәм жер жүзиндеги ўақыяларды кеңнен сәўлелендириўи менен белгили. Жаңалықлар, ток-шоулар, билимлендириў бағдарламаларын береди ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм дебатлар ушын платформа болып есапланады.
Al Jazeera ҳәр қыйлы темаларды додаламақта:
Сиясий тартыслар ҳәм сөйлесиўлер.
Гуманитарлық кризислер.
Әскерий ҳәрекетлер ҳәм олардың ақыбетлери.
Халықаралық қатнасықлар ҳәм дипломатия, соның ишинде, мәмлекетлер басшылары арасындағы додалаўлар.
Социаллық ҳәм ҳуқықый мәселелер.
Сондай-ақ, Al Jazeera таллаў, мультимедиа материаллары, пикирлер, ҳүжжетли фильмлер, подкастлар, репортажлар ҳәм трансляцияларды да әмелге асырмақта.
- Reuters -халықаралық жаңалықлар агентлиги
1851-жылы Пол Джулиус Рейтер тәрепинен тийкар салынған халықаралық жаңалықлар агентлиги. Ҳәзирги күнде Reuters 16 дан артық тилде исенимли жаңалықлар ҳәм мағлыўматларды инам етип, оларды пүткил дүнья бойлап миллиардлаған адамларға жеткермекте. Агентлик өзиниң Ғәрезсизлик, әдалат ҳәм ҳадаллық принциплери менен танылған. Reuters ҳәр қыйлы платформаларға хызмет көрсетип, әҳмийетли жаңалықлар ҳәм сыйлықланған материалларды инам етип, мультимедиа жаңалықларының жетекши дәреги болып қалмақта.
- Bloomberg News -халықаралық жаңалықлар агентлиги
Әҳмийетли мағлыўматлар ҳәм таллаўларды жәриялаўшы дүньяның жетекши финанслық жаңалықларының тийкары. 1990-жылы Майкл Блумберг тәрепинен тийкар салынған Bloomberg News Bloomberg LP қурамына киреди ҳәм дүнья бойлап офислерине ийе.
Bloomberg Newsтиң күшли тәреплери базарды терең таллаў, мағлыўматлардың анықлығы ҳәм кең хабаршылар тармағын өз ишине алады. Сондай-ақ, компания кең көлемли финанслық хызметлер ҳәм таллаў қуралларын усыныс етиўши Bloomberg терминалы менен де танылған. Bloomberg News өзиниң тезлиги, инновациялары ҳәм жәҳән экономикалық журналистикасына тәсири менен пүткил дүнья бойлап дыққатқа ылайық болды.
- Associated Press – Американың коммерциялық емес мәлимлеме агентлиги
Associated Press (АР) – 1846-жылы дүзилген ғәрезсиз глобал жаңалықлар агентлиги. АР барлық форматлардағы оператив, анық ҳәм әдалатлы жаңалықлардың ең исенимли дереги. Сондай-ақ, жаңалықлар санааты ушын зәрүр болған технология ҳәм хызметлердиң тийкарғы жеткерип бериўшиси болып қалмақта. Дүнья халқының ярымынан көби ҳәр күни АР мағлыўматларынан пайдаланады. Агентлик өзиниң анық, фактлерге тийкарланған ҳәм партиясыз есабат бериў принциплери менен белгили.
- Time – Американың ҳәптелик жаңалықлар журналы
Дүнья бойлап 100 миллион аудиторияға ийе абырайлы жаңалықлар дереги. 1923-жылы дүзилген Time биринши ҳәптелик жаңалықлар журналы болып, жумыс пенен бәнт адамлар ушын дүнья ўақыялары дайжестин усынады. Ҳәзирги күнде ол веб-сайт, журнал, 51 миллионнан артық аудиторияға ийе социаллық тармақлар, TIME Studios кино ҳәм телевидение бөлими, Red Border бренд контенти студиясы, TIME CO2 климат ҳәрекети платформасы, Taboola менен биргеликте жаратылған TIME Stamped усыныслары ҳәм электрон коммерциялық платформасы, TIME Sites қарыйдар тәжирийбеси платформасын өз ишине алады.
TIME миссиясы дүньяны қәлиплестиретуғын ҳәм жақсылайтуғын идеялар ҳәм адамлар ушын «исенимли басшылық»ты усыныў болып есапланады. Бул ўәде редакция жумысы, тез раўажланып атырған жаңа бөлимлер, инновациялық жаңа өнимлер ҳәм бирге ислесиў шешимлери тийкарында жатады.
- Forbes – Америка бизнес журналы
АҚШта тийкар салынған белгили халықаралық экономикалық журнал. 1917-жылдан берли басып шығарылады, бизнес, инвестициялар, технологиялар, исбилерменлик ҳәм жетекшилик ҳаққында мақалалар басып шығарады. Сондай-ақ, Forbes дүньядағы ең бай адамлар ҳәм компаниялар рейтинги менен де белгили. 2024-жылы журнал ҳәр қыйлы темалардағы материалларды усыныс етеди, әҳмийетли экономикалық ҳәм социаллық тенденциялар, жеке финанс ҳәм активлерди басқарыў стратегиялары ҳаққында жазады.
- The Economist -инглисше ҳәптелик журнал
Жәҳән сиясаты, бизнеси, технологиялары, мәденияты бойынша абырайлы жаңалықлар дереги. Редакция 1843-жылы дүзилген болап, либерал қәдириятларға әмел етеди. Турақлы солшы болып есапланып, ўақыяларды терең таллаў ҳәм еркин қарасты усыныс етеди. The Economist экономикалық ҳәм жеке еркинликти жақлайды.
- Financial Times – халықаралық күнделикли газета
Өзиниң терең аналитикалық мақалалары, анық базар мағлыўматлары ҳәм абырайлы шолыўлары менен танылған жетекши халықаралық исбилерменлик жаңалықларының дереги. Ол экономика, сиясат, финанс ҳәм бизнес сыяқлы кең көлемли темаларды қамтып алады. ФТ контентиниң ғәрезсизлиги, әдиллиги ҳәм сапасы ушын қәдирленеди.
- Ле Монде – Францияның кешки күнделикли газетасы
Le Monde – 1944-жылы дүзилген белгили француз газетасы. Редакция жаңалықларға аналитикалық қатнасы менен белгили болып, көбинесе The New York Times ҳәм The Guardian салыстырылады. Газета орай-шеп редакцияға ийе ҳәм Франциядағы ең ҳүрметли газеталардан бири болып есапланады. 2021-жылы ол Францияның ең исенимли газетасы сыпатында тән алынған.
Ле Монде кешқурын шығады – кейинги сан түстен кейин сатыўда пайда болады. Газета 1995-жылдан берли онлайн түрде ҳәм көбинесе француз тилинде сөйлеспейтуғын мәмлекетлерде бар болған бирден-бир француз газетасы болып есапланады. 2022-жылы орташа тираж 480 мың тиражды, соның ишинде, Франциядан тысқарыда 40 мың тиражды қурады.
дерек: Ishonch.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги