2025-жыл 1-февральдан баслап перзентин тәрбиялаўдан ўаз кешпекши болған аналар, соның ишинде, ҳәмиледар ҳаяллар ушын балалар үйлеринде «Аналар мәканы» хызмети жолға қойылады.
Бул бағдарда «Балаларды социаллық қорғаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-185-санлы пәрман қабыл етилди.
«Аналар мәканы»нда:
– аналар ҳәм олардың балалары (4 жасқа толмаған) 1 жылға шекемги мүддетке жәмәәтлик шәртнама тийкарында ўақтынша баспана менен тәмийинленеди;
-социаллық, ҳуқықый, психологиялық ҳәм медициналық хызметлер көрсетиледи, аналық ҳәм кәсиплик көнликпелер қәлиплестириледи;
– аналардың кәсип ийелеўин ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлеседи.
Сондай-ақ, 2025-жыл 1-январьдан баслап:
Меҳрибанлық үйлери ҳәм балалар үйлерине кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин ўақтыншалық қабыллаў тәртиби бийкар етиледи;
– жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға билим бериў, бәнтлигин тәмийинлеў, емлениў ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи;
тутынған ата-аналарды таярлаў курсларына жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке алыў тилегин билдирген талабанлар да қамтып алынады;
– басқышпа-басқыш Әндижан ўәлаяты, Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаятында киши көлемли балалар үйи шөлкемлестириледи;
Буннан тысқары, усы ҳүжжет пенен «Меҳир дәптери» қорлары сапластырылады,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги