Өзбекстанның Аўғанстандағы жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ойбек Усмонов Толибан ўақытша ҳүкимети сыртқы сиясат уйымының басшысы Мавланий Әмирхан Мутаққийға исеним жарлығының нусқасын тапсырды. Бул ҳаққында қоңсы мәмлекет СИМ хабар берген.
Муттақий республикамыздың жаңадан тайынланған елшисин қутлықлап, ҳәр еки мәмлекет пайтахтында елшиханалардың жедел жумыс алып барып атырғанын өз-ара қатнасықтың раўажланыўын белгилеўши унамлы көрсеткиш сыпатында баҳалады. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта ири экономикалық басламаларды әмелге асырыў жолында тәреплер нәтийжели қәдем таслап атырғанын атап өтти.
Елшимиз У.Усмонов өз-ара қатнасық туўысқанлық дәрежесине ийе екенлигин атап өтип, жумысы даўамында байланысларды және де беккемлеў жолында бар күшин иске қосыўға ўәде берди.
Еслетип өтемиз, өткен айда Аўғанстанның елимиздеги елшиси Абдул Ғаффор Теравий Өзбкстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовқа исеним жарлығының нусқасын тапсырған еди.
Ўткир Алимов, ӨзА