Ҳүрметли кәсиплеслер!

«Еркин Қарақалпақстан» газетасы басып шығарыла баслағанына 100 жыл толды. Бул сәне қарақалпақ халқы ҳәм газета оқыўшылар ушын үлкен байрам.

1930-жылға шекем «Мийнеткеш қарақалпақ», «Қызыл Қарақалпақстан», «Совет Қарақалпақстаны» сыяқлы атамаларда басылған газета ғәрезсизликтен соң «Еркин Қарақалпақстан» аты менен баспадан шығарылмақта.

Газета бетлерин бетлесеңиз, мийнеткеш, мәрт ҳәм батыр қарақалпақ елиниң жүз жыллық өтмиши көз алдыңызда сәўлеленеди. Пидайы ҳәм қәлеми өткир журналистлердиң түрли жанрлардағы материаллары сизди өтмишке жетеклейди. Жапакеш қарақалпақ халқының басып өткен машақатлы өмир жолы сизди толқынландырады. Бул халықтың шыдамлылығына, мийнеткешлигине тән бересиз.

Бүгин Қарақалпақстан түпкиликли өзгермекте. Қарақалпақ ели Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң айрықша меҳир ҳәм итибарын жүректен сезинип, аңлап мийнет етип атыр.

Усы күнлерде Қарақалпақстанның ҳәр бир аймағында, аўылында, шексиз кеңликлеринде мисли көрилмеген раўажланыў жумыслары әмелге асырылмақта. Алып барылып атырған бул үлкен жумысларда өзбек халқы қарақалпақларға бәрқулла бирге ислесиўши, жәрдемши, қоллап-қуўатлаўшы болмақта. Несип етсе, халықларымыз биргеликте буннан да абадан күнлерге, әлбетте, ериседи.

«Еркин Қарақалпақстан» Қарақалпақстанның бас газетасы, кексе газета, елдиң ҳаўазы. Биз Сиз, әзиз кәсиплеслерди усы қаҳарман елге мүнәсип болыўға шақырып, ҳаўазыңыз және де бәлентирек жаңлайберсин, ҳеш қашан дөретиўшиликтен шаршамаң, қәлемиңиз бәрқулла өткир болып, усы елдиң нәзеринен қалмасын, деймиз.

Қутлы сәне – 100 жыллық тойыңыз мүбәрек болсын, қәдирли дослар! Сизге бәрқулла тасқын йош тилеймиз.

 

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги жәмәәти атынан Бас директор А.Кўчимов