“Нураный” қоры Елликқала районлық бөлиминиң баслығы И.Ходжаниязов “Кекселер ҳәптелиги” шеңберинде бир қатар пуқаралар жыйынларындағы жалғыз жасаўшы нураныйлардың ҳал-жағдайынан хабар алды.
Ташкент мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы нураный Б.Телемисов ҳәм Абай пуқаралар жыйынында жасаўшы Б.Адиловаларға “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен материаллық жәрдем ҳәм қәўендерлердиң есабынан азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Бундай қайырқомлық илажларының өткерилиўи жас әўладты миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе. Көп жыллық өмир жолын басып өткен кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алыў жаслар ушын ибрат мектеби болып табылады. Сонлықтанда олар ҳәмийше мәмлекетимиз дыққат-итибарында болып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги