Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти баслығының орынбасары Ш.Алиризаев ҳәм жумысшы топар тәрепинен республикамыз аймағында гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, тутыныўшыларды жанылғы-энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў барысындағы жумыслар менен танысты.
Атап айтқанда, Хожели районы Қумжыққын аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Хожели ГБС-2” газ бөлистириў станциясындағы көтере тутыныўшы ҳәм халыққа тарқатылатуғын тәбийғый газ тармақларында жүзеге келиў мүмкин болған насазлықларды сапластырыў бойынша таярлық жумысларпы көзден өткерилди. Усы тармақтан быйылғы жылдың өткен он айы даўамында 8,7 млн метр куб газ қабыл етилген болса да, көтере тутыныўшы ҳәм халыққа есапланған тәбийғый газдың муғдары 4,4 млн метр кубты қурап, 4,2 млн метр куб тәбийғый газдың айырмашылығы анықланды. Бул кемшиликлердиң себебин анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша оператив топар дүзилип, үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары Әмиўдәрья районындағы социаллық тараў объектлериниң жылытыў системасының жағдайы, комир запасларының бар екенлиги, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Райондағы “Манғит инвест плюс” ҳәм “Наўрыз” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде 2024-2025-жыллардың қыс-бәҳәр мәўсими ушын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң запасы ҳәм өнимлер сақланатуғын музлатқышлар көзден өткерилди. Райондағы “Тураев Исмаил” фермер хожалығының баслығы быйылғы жылғы өнимнен 1,5 гектар жерден 50 тонна картошка жетистиргени ҳәм бул әмелиятты басқа фермер ҳәм дийқан хожалықларында да енгизиў бойынша усыныслар берилди.
Буннан тысқары, жумысшы топар Нөкис қаласындағы “Нөкис Эко базар” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы ҳәкимлиги арасында өткерилген ушырасыўда, бул жерде жергиликли исбилерменлерге ҳәм халыққа қолайлы шараят жаратыў мақсетинде автомобильлер туратуғын орыннан нәтийжели пайдаланыў, Нөкис районындағы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелерин “Даладан дәстурханға” принципи тийкарында бириктирилип, баҳалардың турақлылығын сақлаў, базарды сапалы ҳәм арзан өнимлер менен толтырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги