Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң жаңа есабатына бола, жатыр мойны раги дүнья бойынша жылына 350 мыңнан артық ҳаял-қызлардың өлимине себеп болмақта.

Негизинде, бул патология – пүткиллей алдын алыў мүмкин болған онкологиялық кеселлик. Буның ушын оны ерте анықлаў, диагнозлаў керек. Усылайынша кеселлениў ҳәм өлим жағдайларының алдын алыўға ерисиў мүмкин.

Усы себептен ЖДСШның жатыр мойны рагин сапластырыўды тезлестириў бойынша глобал стратегиясында 9-14-жастағы қызларды адам папиллома вирусына қарсы емлеў усыныс етилген.

Қалаберди, усы кеселликти ерте басқышта анықлаў имканиятын беретуғын диагностика қураллары, нәтийжели емлеў курслары әллеқашан медициналық әмелиятта қолланылмақта.

Бирақ, айырым орта ҳәм төмен дәраматқа ийе мәмлекетлерде бул имканиятлар шегараланған. Ақыбетте оларда усы патологиядан өлим көрсеткиши 94 процентке жеткени аянышлы.

ЖДСШның тийисли стратегиясына бола, 2030-жылға барып төмендеги үш глобал мақсетти толық әмелге асырыў белгиленген:

Қызлардың 90 процентин адам папиллома вирусына қарсы толық емлеў.

Ҳаяллардың 70 процентин өз ўақтында скрининг тексериўинен өткериўди тәмийинлеў.

Рак алды жағдайлар анықланған ҳаялларды емлеўди қамытыўды 90 процентке жеткериў.

Соннан келип шығып, ЖДСШ ҳүкиметлерди емлеўди қамтыўды арттырыў ҳәм әпиўайыластырылған скрининг бағдарламаларын жаратыўды қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 2019-жылдан баслап миллий емлеў календарына жатыр мойны рагине қарсы қолланылатуғын ОПВ вакциясы киргизилген болып, ҳәр жылы 9 жаслы 350 мыңнан артық қызлар усы кеселликке қарсы емленбекте.

ӨзА