2025-жыл – «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаңа жылға «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп атама берилди. Бул қарар ҳәр бири мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўы, жүзеге келген экологиялық машқалаларды шешиў арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге қаратылған бир неше әҳмийетли факторға тийкарланған.

Экология

Дүнья бойлап қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетип атырған жағдайлар көбеймекте. Атап айтқанда, Өзбекстан климат өзгериўи, ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы сыяқлы аўыр экологиялық машқалаларға дус келмекте. Қоршаған орталық мәселесин тийкарғы күн тәртибине алып шығыў мәмлекетимизге усы мәселелерди сапластырыў имканиятын берди, жәмийетте болса тәбиятқа итибарын күшейтеди.

Жасыл экономика

«Жасыл» экономика – ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, энергия дәреклерин жаңалаў, шығындыны кемейтиў ҳәм тәбийғый ресурсларды сақлап қалыў тийкарына қурылған экономикалық модель. 2025-жыл усы бағдар мәмлекетимиз экономикалық турақлылығын тәмийинлеўге айрықша әҳмийеткеийе болады.

Халықаралық миннетлеме

Өзбекстан БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде халықаралық миннетлемелерди избе-из орынлап атырған мәмлекетлерден бири. Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономикаға өтиў республикамызға халықаралық жәмийетшилик пенен тығыз байланыслар орнатыўға жәрдем береди.

Заманагөй технологиялар

Жасыл экономикаға өтиўде инновацияларды қолланыў оғада әҳмийетли. Келеси жыл илим ҳәм технологияны раўажланыдырыў әҳмийетли ўазыйпаға айланады, жаңа энергия дәреклерин жаратыў, ресурсларды жаңаша усылда жумсаўды хошаметлеў жолға қойылады.

Жәмийетшиликтиң қатнасыўы

Қоршаған орталықты қорғаў ҳәр бир пуқараның орны бар. 2025-жыл жәмийетшиликтиң жеделлигин арттырыў мақсетинде түрли илажлар өткериледи. Экологиялық исбилерменликти хошаметлеў, қоршаған орталық ҳаққында хабардарлықты арттырыў, жас әўладқа экологиялық тәрбия бериў дыққат орайында болады.

Жуўмағында, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда тек ғана экологиялық ўазыйпалар шешилмейди, ал экономикалық турақлылыққа қарай жылдам қәдем тасланады. Жыл даўамында қоршаған орталықты қорғаў жолында әмелге асырылатуғын илажлардың тийкарында келешек әўдладлар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўдай ийгиликли мақсет жәмленген.

Мусулмон Зиё, ӨзА