Балалар миллий медицина орайының директоры Бахтиёржон Умаров басшылығындағы қәнигелер топары Қарақалпақстан Республикасына жетип келди.

“Балаларға бериң дүньяны!” саламатлық акциясы шеңберинде Балалар миллий медицина орайының кардиолог, нейрохирург, хирург, уролог, пластикалық хирург, педиатр, невролог шыпакерлери тәрепинен медициналық тексериўлер, хирургиялық операциялар ҳәм шеберлик сабақлары өткерилиўи режелестирилген.

Акция республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги