Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм «Даўытбай Қайыпов» атындағы жәмийетлик фондының шөлкемлестириўи менен районлық Мәденият сарайында Қарақалпақстан халық артисти, халқымыздыӊ хошҳаўаз қосықшысы Даўытбай Қайыповтыӊ дөретиўшилигине бағышланған жас атқарыўшылардыӊ дәстүрий «Бүлбилзибан» IX республикалық таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан 150ге шамалас қосықшылар тек ғана жанлы ҳаўазда, халық сазлары демеўинде Д.Қайыповтыӊ репертуарындағы қосықларды атқарып, өз-ара жарысқа түсти ҳәм олардың қосық атқарыўлары тәжирийбели төрешилер тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.
Қызықлы өткен таңлаў соңында биринши орынды Нөкис қаласынан Хайрулла Айымбетов ийелеўге миясар болды. Ал, сыйлы екинши орынды шымбайлы жас талант ийелери Есбосын Назаров ҳәм Нийетбай Оразбаевлар, үшинши орынды Төрткүл районынан Исламбек Зинатдинов, Нөкис қаласынан Ислам Муҳаммедияров пенен Фурқат Ембергеновларға несип етти.
Сондай-ақ, таңлаўда бир қатар номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, жеңимпазлар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы