Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы қайта оңлаўдан өткеннен кейин еледе саўлатлы көриниске келип, мүмкиншиликлери де кеңейди. Енди орайда кино, театр ҳәм концерт бағдарламалары тез-тез қойылмақта. Соның менен бирге, илим, мәденият, көркем өнер ғайраткерлери менен жасларды руўхый жақтан кәмилликке жетеклеўши ушырасыўлар өткерилип келбекте.
Усындай илажлардың бири, Ташкент қаласынан келген бир топар артистлердиң қатнасыўында “Жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда кинолардың тутқан орны” атамасында болып өтти.
Белгили актёр, режиссёр ҳәм сценарист Ҳилол Насимовтың басшылығында болып өткен бул ушырасыўда оқыўшы-жаслар ҳәм мүддетли әскерий хызметкерлер қатнасты.
Атап өтилгениндей, әскерий хызметкерлердиң руўхый таярлығы – Қураллы Күшлердиң қүдирети саналып, ол миллий армиямызда алып барылып атырған реформалардың тийкары болып табылады, десек ҳеш асырып айтқан болмаймыз.
Мазмунға бай бул илажда мийманлар жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда кинолардың салмақлы орны бар екенлигин атап өтти. Өз гезегинде, әскерлер де өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Бундай ушырасыўлар шын мәнисинде әскерлерге ҳәм жасларға руўхый күш берип, дүньяға көзқарасын байытыўға хызмет етеди.
Мийманлар Арқа-Батыс әскерий округиндеги тарийхый музей менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги