Энергетика министрлиги ҳәм «Ҳудудгазтаъминот» АЖ тәрепинен тутыныўшыларға тәбийғый газдиң жумсалыўы ҳәм қәрежетлерин онлайн бақлаў имканиятын бериўши «Hudud Gaz Taʼminot» мобиль қосымшасы тест сынағында иске қосылды.
Тутыныўшылар қосымшаны Android ҳәм iOS қурылмаларына бийпул жүклеп алыўы мүмкин. Ол арқалы күнлик ҳәм айлық пайдаланыўды бақлаў, газдиң есап бетлерине төлем етиў, суйылттырылған газ есапларын толтырыў ҳәм бириктирилген баллонлар дизимин көриў мүмкин.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, қосымшадан пайдаланыў ушын жеке есап бети ҳәм One ID хызмети арқалы дизимнен өтиў талап етиледи.
Бул қосымша арқалы тутыныўшылар газдиң жумсалыўын бақлаў, төлемлерди әмелге асырыў ҳәм тутыныў есабатларын қадағалаўда жоқары дәрежеде қолайлыққа ерисиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги