Медициналық қамсызландырыў мәселелерине бағышланып өткерилип атырған үгит-нәсият жумыслары орынларда даўам етпекте.
Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фондының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими хызметкерлери тәрепинен мәпдар мәкан пуқаралар жыйынларының басшылары ҳәм белсендилери, медицина хызметкерлери ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында мәкан пуқаралар жыйынынларында үгит-нәсият илажлары әмелге асырылмақта.
Гезектеги илаж Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 2-санлы шаңарақлық поликлиниканың медицина бригадасы хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласындағы Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары арасында өткерилди.
Халық пенен ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлерде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўдиң мақсети, пуқараларға көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў мәселелери түсиндирилмекте.
Сондай-ақ, ушырасыўларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги “Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша пикир-усыныслар тыңланып, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги