Қанлыкөл районында быйылғы аўыл хожалығы жылының жуўмағы ҳәм келеси жылдың өними ушын таярлық жумысларына бағышланып район фермерлери, барлық аўыл хожалығы тараўы хызметкерлериниң қатнасыўында семинар өткерилди.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими Б.Султанов районда исленген ҳәм ислениўи тийис жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы тараўында жақсы нәтийжелерге ерисиў мақсетинде дийқан ҳәм фермерлерге хызмет көрсетиўши кәрханалар ушын жаратылған шараятлар бүгин өз нәтийжелерин берип, тараўдан алынатуғын өнимлердиң муғдары ҳәм сапасының артыўына тийкар жаратпақта.
Илажда гүзги шүдигар ҳәм басқа да аўыл хожалығы жумысларында қатнасатуғын техникаларды басқарыўшыларға азық-аўқат өнимлери тарқатылып, ақшалай хошаметленди.
Семинарда қәнигелер гүзги сүрим жумысларының агротехникасы, сапасына итибар бериў – келеси жылдың өнимине итибар екенлигин мысаллар менен түсиндирди. Буннан басқа жерлерди лазерли үскенелер жәрдеминде тегислеў, жап-салмаларды қазып тазалаў, суўдан үнемли пайдаланыў, жерлердиң шорын жуўыў, суўғарыў жумысларына айрықша итибар қартыў да үлкен әҳмийетке ийе.
Соның менен бирге, елимиз бойлап өткерилип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде атыз шетлерине саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин отырғызыў илажлары белгиленди.
Семинарда дийқан ҳәм фермерлер де өзлерин қыйнап киятырған басқа да мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, гүзги шүдигар жумысларын тез ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги