Орайлық банк қарыз алыўшылар ҳәм банкке байланыслы шахслар ушын тәўекелшилик бойынша талапларды жетилистириў мақсетинде жаңа өзгерислерди енгизди. Банк басқарыўы «Бир қарыз алыўшы, өз-ара байланыслы қарыз алыўшылар топары, соның менен бирге, банкке байланыслы шахслар ушын тәўекелшиликтиң ең көп муғдары ҳаққындағы режеге өзгерислер киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти. Бул реже жаңа нормалық ҳүжжетлер менен толтырылды. Бул ҳаққында «Норма.уз» хабар бермекте.

Мәлим болыўынша, жаңа талаплар кредит тәўекелшилигин есапқа алыў, келисимлер дүзиў ҳәм олардың есабын жүритиў тәртибин анықлаўды нәзерде тутады. Сондай-ақ, бул өзгерислер бир қарыз алыўшы ҳәм өз-ара байланыслы қарыз алыўшылар топары менен ислеў процесин жетилистириўге қаратылған. Банклер тәўекелшиликлерин баҳалаўда халықаралық қаржы есабаты стандартларына тийкарланыў ҳуқықына ийе болды.

Факторинг хызметлери бойынша банк тәўекелшилигин баҳалаўда жаңа тәртип енгизилди. Егер банк қарыйдарға регресс талабын қойыў ҳуқықына ийе болмаса яки бул ҳуқықтан пайдаланыў зәрүрлиги туўылмаған болса, тәўекелшилик қарыздарға болып есапланады. Егер регресс талабы қойыў ҳуқықынан пайдалыныў зәрүрлиги жүзеге келсе, тәўекелшилик қарыйдарға белгиленеди.

Сондай-ақ, банклер қарыздар арасындағы байланысларды анықлаўда халықаралық стандартларды қоллаў иканиятына ийе болды. Онда әмелдеги нызамшылық талаплары бузылмаўы яки жеңиллестирилмеўи керек екени айрықша атап өтилген. Бул нормалар банклердиң қаржы қатнасықлары ашық-айдынлығын тәмийиенлеўге жәрдем береди.

Жаңа тәртиплер бойынша қарар Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланады. Ҳүжжет 15-декабрьден күшке киреди ҳәм банклер ушын жаңа кредит сиясатын жүритиўге имканият жаратады. Бул өзгерислер банк системасының турақлылығы ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыўға қаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги