Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилиси басланды.
Күн тәртибинен жаңаланған Конституциямызға муўапық, биринши мәрте төменге палатада Бас министр лаўазымына талабан ҳәм Ҳүкиметтиң келеси 5 жылға мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасын көрип шығыў мәселелери орын алған.
Сөзиниң алдында мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиздиң алдына қойған стратегиялық ҳәм ағымдағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда барлық буўындағы атқарыў уйымлары, бәринен бурын, Ҳүкимет ҳәм оның басшысындағы жуўапкершилик ҳәзирги қурамалы заманда ҳәр қашанғыдан да артып атырғанын атап өтти.
Бүгин пүткиллей жаңа ўәкиллик ҳәм ўазыйпаларға ийе болған Ҳүкимет қәлиплесип атырғаны атап өтилди.
Оны Конституция дәрежесинде биринши мәрте кәмбағаллықты қысқартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, инвестиция, экология сыяқлы әҳмийетли бағдарларда Министрлер Кабинетиниң миннетлемелериниң белгилеп қойылғаны да тастыйықлайды.
Халқымыз ҳәзирги күнде мине, усындай шешиўши мәселелер бойынша жаңа Ҳүкиметтен анық нәтийжелерди күтпекте.
ӨзА