Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 20-июльдеги мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Қәдириң бәлент болсын, ана тилим” республика таңлаўы өткерилген еди.

Бул таңлаўға “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалының қурамына кириўши қалалық ҳәм районлық электр тармақлары жәмәәтлери де белсене қатнасты.

Таңлаў шеңберинде “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң баслығы У.Мустафаев тәрепинен руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларды раўажландырыўға итибар қаратылып, Қарақалпақстан аймақлық филиалы китапханасы ушын  100 дана түрли атамадағы сиясий, жәмийетлик темалардағы китаплар саўға етилген еди. Бул әжайып саўға Нөкис қаласына жетип келип, филиалдың руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлмесине орын алды. Бүгин күни филиал хызметкерлери жумыстан бос ўақытларында бул китапларды айрықша қызығыўшылық пенен оқымақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги