Гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў бүгинги к6нниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады.
Әсиресе, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, оның мақсетсиз сарпланыўын анықлаў бул бағдардағы ең нәтийжели илаж болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Э.Таджиев энергия ресурсларының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, оларды сапластырыў бойынша дүзилген республикалық жумысшы топар менен арнаўлы үскенелер жәрдеминде бир ғана Нөкис районында өткерилген үйрениўлерде орта ҳәм жоқары басымлы газ тармақларындағы насазлықлар себепли тәбийғый газди жоғалтыўтың 17 жағдайы анықланып, сапластырылыўы тәмийинленди.
Үйрениўлер республикамыздың басқа аймақларында да алып барылып, кейинги еки күнниң ишинде усындай 51 жағдай анықланып, барлығы сапластырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги