Орынларда орта буўындағы медицина хызметкерлери менен тийисли қәнигелердиң ушырасыўлары өткерилип, оларға тараўға байланыслы соңғы жаңалықлар, өзгерислер туўралы мағлыўматлар берилмекте.

Нөкис районы медицина бирлеспесинде жумыс ислеп атырған орта буўындағы медицина хызметкерлери ушын “Денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўде бас ҳәм үлкен мийирбийкелердиң жумысларын шөлкемлестириў” атамасында оқыў курсы шөлкемлестирилди.

Оқыў курсында қәнигелер, бул бағдарда қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди атап өтип, оны әмелге асырыў механизмлери, усы ҳүжжетлерде келтирилген ўазыйпалар, оны орынлаўда орта буўын медицина хызметкерлериниң роли ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Оқыў әмелияты даўамында орта медицина хызметкерлери дәслепки медициналық-санитариялық жәрдем бериў мәкемелериниң жумысларына улыўма жаңа механизмлерди  енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, соның менен бирге, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў мақсетинде берилген тапсырма ҳәм ўазыйпалар бойынша өз-ара пикирлесип, тәжирийбе алмасты.



Атап өтилгениндей, оқыў курсында алынған билим ҳәм тәжирийбе халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын және де арттырыўға хызмет етеди.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги