Президент Шавкат Мирзиёев жаңа шақырық Олий Мажлис Сенатының биринши мәжилисинде қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы сенаторлар тәрепинен Сенат Баслығы ҳәм оның орынбасарлары етип сайланған Танзила Норбоева, Содиқ Сафоев, Аманбай Орынбаевты оларға билдирилген жоқары исеним менен қутлықлап, олардың келешектеги жумысында табыслар яр болыўын тиледи.
– Өзиңиз көз алдыңызға келтириң – 37 миллионлық халықтан тек ғана 65 инсанға сенатор болыўдай жоқары мақтаныш ҳәм бахыт несип етти. Бул үлкен исеним ҳәм жуўапкершиликтиң қәдирине жетиў, оны ҳадал ҳәм садық хызмет пенен ақлаў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып есапланады. Сизлер Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға мүнәсип үлес қосасыз, халықшыл ҳәм әдалатлы нызамлар қабыл етип, ҳәммеге өрнек боласыз, деп тилек билдиремен.
Мен сиз, ҳүрметли сенаторлар тымсалында әне, сондай үлкен жумыслар ислей алады, Өзбекстанның алдында турған стратегиялық ўазыйпаларды терең сезинетуғын, Ўатан ҳәм халықтың мәпин ҳәмме нәрседен үстин қоятуғын пидайы инсанларды – өзимниң ең жақын кеңесгөйлеримди көремен. Сизлер бар билим ҳәм тәжирийбеңиз, күш ҳәм имканиятыңызды иске қосып, мәмлекетимиз турмысында, Сенат жумысында жаңа, жарқын бет ашасыз, деп исенемен,-деди Президент мәжилис жуўмағында.
ӨзА