Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» 2024-жыл 9-февральдағы ПҚ-66-санлы қарарына муўапық Министрлер Кабинети қарар етеди:

1.Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айланырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққынддағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

Субсидия ажыратыў бойынша исбилерменге қойылатуғын талаплар, субсидия алыў ушын мүрәжат етиў тәртиби ҳәм усыныс етилетуғын ҳүжжетлер;

мүрәжатты көрип шығыў ҳәм қарар қабыллаў тәртиби, субсидия ажыратыўды бийкарлаў тийкарлары.

  1. Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

Усы қарар менен тастыйықланған Реже тийкарында мәмлекетлик хызмет Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы (кейинги орынларда- ЯИДХП) арқалы енгизилиўин тәмийинлесин;

ЯИДХПда мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәр бир басқышында мүрәжатларды көрип шығыўды бақлап барыў тәртибин енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети уйымлар тәрепинен мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң белгиленген тәртибине әмел етилиўи бойынша олардың жумысы бойынша, соның ишинде, ЯИДХП арқалы турақлы қадағалаў орнатсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаўҳәм климат өзгериўи министри А.А. Абдухакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Арипов

Ташкент қаласы.,

2024-жыл 16-май,

287-санлы

 

Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айлантырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыӯ тәртиби ҳаққында

РЕЖЕ

Министрлер Кабинетиниң 2024-жылы 16-майдағы 287-санлы қарарына

      Қосымша

1-бап. Улыӯма қағыйдалар

  1. Усы Реже Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған, жулдыз категориясына ийе болмаған мийманханаларды үш жулдызлы категорияға айландырыӯ мақсетинде исбилерменлик субъектине мийманхана бөлмелерин үскенелеӯ ушын жумсалған қәрежетлердиң бир бөлимин Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаӯ ҳәм климат өзгериӯи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуӯатлаӯ қоры (кейинги орынларда -Қор) қаржылары есабынан қаплап бериӯ ушын субсидия ажыратыӯ тәртибин белгилейди.

 

  1. Усы Режеде төмендеги түсиниктен пайдаланылады:

         субсидия -Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин көрсетип атырған исбилерменлик субъектине мийманхананы үш жулдызлы категорияға айландырғаны ушын мийманхананың ҳәр бир бөлмесине Қор қәрежетлери есабынан жумсалған қәрежетлердиң бир бөлимин қаплаӯ ушын ажыратылатуғын қаржылар;

исбилермен- Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған, үш жулдыз категориясына ийе болмаған мийманхананы үш жулдызлы категорияға айлантырыӯ арқалы мийманхана бөлмелерин үскенелеӯ ушын жумсалған қәрежетлердиң бил бөлимин қаплаӯ мақсетинде мүрәжат еткен исбилерменлик субъекти.

  1. Субсидия Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги -орынларда-ЯИДХП) арқалы Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаӯ ҳәм климат өзгериӯи министрлиги жанындағы Туризм комитети (кейинги орынларда- Комитет тәрепинен ажыратылады.
  2. Мийманхана хызметлерин сертификатластырыӯ, оларға категория бериӯ, сондай-ақ, сертификатластырылған хызметлериниң стандартластырыӯ бойынша норматив ҳүжжетлер талапларына муӯапықлығының мәмлекетлик қадағалаӯ Комитетиниң 《 Туризм хызметлерин сертификатлаӯ орайы》ДУК тәрепинен әмелге асырылады.
  3. Субсидия Қарақалпақстан Республиксында жумыс алып барып атырған ҳәм категорияға ийе болмаған мийманхана белгиленген тәртипте үш жулдызлы категорияға ийе болғанда ажыратылады.
  4. Исбилермен субсидия алыӯ ушын ҳүжжетлерин тапсырыӯ сәнесинде банкротлық яки тамамлаӯ процесинде болмаӯы керек.
  5. Исбилерменге үш жулдызлы категорияға айландырылатуғын мийманханалардың ҳәр бир бөлмесине Қор қәрежетлери есабынан жигирма миллион сумнан субсидия ажыратылады.

2-бап. Исбилерменге субсидия ажыратыӯ тәртиби

  1. Субсидия усы Режеге 1-қосымшаға муӯапық схема бойынша ажыратылады.
  2. Исбилермен мәмлекетлик хызметинен пайдаланыӯ ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына жеке өзи келип мәмлекетлик хызметлеринен электрон усылда пайдаланыӯ ушын ЯИДХПнан дизимнен өтеди.

Исбилермен өзи келип мүрәжат еткен ӯақытта, Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери исбилермен атынан, ЯИДХП арқалы мүрәжат еткен ӯақытта болса, еркин түрде усы Режеге 2-қосымшада келтирилген усылға муӯапық мәмлекетлик хызметинен пайдаланыӯ ушын сораӯнаманы электрон усылда толтырады.

Субсидия алыӯ мақсетинде усыныс етилген сораӯнамадағы мағлыӯматлардың дурыс екенлиги ҳәм ҳақықый екенлигине исбилермен жуӯапкер есапланады.

  1. Сораӯнама толтырылғанынан соң исбилермен мағлыӯматлар дурыс екенлигин тексереди ҳәм қол таңбаларды идентификсциялаӯдың заманагөй қураллары ( дактилоскопия, электрон санлы қолтаңба, Мобил-ID ҳәм басқалар) менен тастыйықлайды.

Исбилермен ЯИДХП арқалы мүрәжат еткен ӯақытта, сораӯнаманы электрон санлы қол таңба менен тастыйықлаӯ талап етилмейди.

  1. Комитет сораӯнама келип түскен күннен баслап он жумыс күнинде оның усы Режеде белгиленген талапларға сәйкес екенлигин үйренип шығады.
  2. Комитет Режениң 11-бәнтинде белгиленген мүддет ишинде сораӯнаманы көрип шығып, субсидия бериӯ яки субсидия бериӯди бийкарлаӯ ҳаққында (бийкарлаӯ тийкарларын көрсетилген ҳалда) қарар қабыл етеди ҳәм қарардың электрон нусқасын тийисли Мәмлекетлик хызметлер орайына (өзи келип мүрәжат еткенде) яки талабанға (электрон түрде тәризде мүрәжат еткенде) ЯИДХПдағы жеке кабинетине жибереди.
  3. Субсидия бериӯ ҳаққындағы қарарда субсидия муғдары, мийманхана аты, жулдыз категориясы ҳәм бөлмелер фонды, жайласқан жери (почта мәнзили) ҳәм оның кадастр номери, субсидия алып атырған исбилермен (юридикалық тәреп) аты ҳәм СТИР ҳәм коммерциялық банкиндеги есап бети көрсетиледи.
  4. Субсидия бериӯ төмендеги тийкарларға бола, бийкар етиледи:

сораӯнамада усы Режеге 2-қосымшада көсетилген мағлыӯматлар толық көрсетилмейтуғынлығы;

исбилермен усы Режениң 5 ҳәм 6 бәнтлерде көрсетилген талапларға жуӯап бермейтуғынлығы;

бир рет субсидия усыныс етилген исбилермен субсидия алыӯ ушын қайтадан мүрәжат еткенде.

Субсидия бериӯди усы бәнтте көрсетилмеген тийкарлар бойынша бийкарлаӯға жол қойылмайды.

  1. Исбилермен субсидия бериӯди бийкарлаӯ ҳаққындағы қарар нусқасын алған күннен баслап еки ай ишинде қарарда көрсетилген кемшиликлерди сапластырыӯы ҳәм олардың сапластырылғанын тастыйықлаӯшы ҳүжжетлерди қосымша еткен ҳалда, субсидия алыӯ ушын қайтадан мүрәжат етиӯи мүмкин.
  2. Сораӯнама қайтадан усыныс етилген күннен баслап бес жумыс күнинде қайта көрип шығылады. Бунда субсидия бериӯди жаңа тийкарлар бойынша бийкарлаӯға жол қойылмайды.
  3. Усы Режениң 15-бәнтинде көрсетилген мүддет тамамланғаннан соң усыныс етилген сораӯнама жаңадан берилген деп есапланады.
  4. Субсидия бериӯ ҳаққында қарар қабыл етилген күннен баслап он жумыс күни ишинде Комитет исбилерменниң хызмет көрсетиӯши коммерциялық банкиндеги есап бетине қаржыларды өткерип береди.
  5. Субсидия бериӯ ушын Қор есабынан қаржылар ажыратылған исбилерменлер дизими (реестри) Комитеттиң рәсмий веб-сайтына жайғастырып барылады.
  6. Комитет субсидия бериў жумысларын шөлкемлестириў, муўапықластырыў,мониторинг етиў ҳәм Қор есабынан ажыратылған қаржылардың исбилерменге жеткерилиўи ушын жуўапкер есапланады.
  7. Исбилермен субсидия ажыратылған ўақыттан баслап бес жылдан кем болмаған мүддетте мийманхана хызметин көрсетиў ҳәм мийманханаға берилген жулдыз категориясын сақлап қалыўы керек.

Исбилермен бес жыл даўамында мийманхана хызметлерин шөлкемлестире алмаған яки мийманхананың жулдыз категориясы кемейген ўақытта, ажыратылған субсидияны жумыс алып барған ўақтына пропорционал түрде қайтарған ҳалда, қалған қаржыларды Қорға қайтарады.

Қорға қайтарылатуғын қаржылар Комитет қарарына муўапық исбилермен тәрепинен Қордың арнаўлы есап бетине өткериледи.

Комитет Қордың арнаўлы есап бетине қайтарылатуғын қаржылар исбилермен тәрепинен белгиленген мүддетте толық өткерилмеген ўақытта, Комитет қаржыларын өндириў бойынша судқа мүрәжат етеди ҳәм субсидия сыпатында ажыратылған қаржылардың белгиленген тәртипте исбилерменнен қайтарыў илажларын көреди.

  1. Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ўәкиллик уйымлар өз жумысын әмелге асырыў нәтийжесинде алынған мағлыўматлар сыр сақланыўын тәмийинлейди.

                          3-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар

  1. Исбилермен ўәкиллик уйымлардың хызметлери ҳәрекетлери үстинен нызамшылықта белгиленген тәртипте шағым етиўлери мүмкин.
  2. Усы Реже талаплары бузылыўында айымлы болған шахслар нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жуўап береди.

Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айландырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыў

                                                          Схемасы

Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айландырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режеге

1-қосымша

БасқышларСубъектлерИлажларОрынланыў мүддетлери
1-басқышИсбилерменТуризм комитетине субсидия алыў ушын Мәмлекетлик хызметлери орайлары яки Бирден-бир интерактив  мәмлекетлик хызметлери (кейинги орынларда – ЯИДХП) арқалы сораўнама менен мүрәжат етеди.Исбилерменниң қалеўине бола
2-басқышТуризм комитетиСораўнаманы көрип шығады ҳәм субсидия бериў яки бериўди бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм Мәмлекетлик хызметлери орайы яки исбилерменниң ЯИДХПдағы жеке кабинетине жибереди.10 жумыс күнде
3-басқышИсбилерменСубсидия бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарарды алғанда, қарарда көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў ҳәм олардың сапластырылғанын тастыйықлаўшы тийисли ҳүжжетлерди (мағлыўматларды) қосымша еткен ҳалда, Туризм комитетине қайтадан Мәмлекетлик хызметлер орай яки ЯИДХП арқалы мүрәжат етеди.2 айдан көп болмаған мүддетте
4- басқышТуризм комитетиСораўнама қайтадан усыныс етилгенде, оны қайта көрип шығыў.5 жумыс күнде
5- басқышТуризм комитетиИсбилерменниң коммерциялық банкиндеги есап бетине қаржыларды өткерип береди10 жумыс күнде

 

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасында үш жулдызлыға айлантырылатуғын мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режеге

2-ҚОСЫМША

                                                  СОРАЎНАМА

I. Исбилермен ҳаққында мағлыўмат:
1. Юридикалық тәрептиң аты толық аты
2. Юридикалық тәрептиң СТИР
3. Юридикалық тәрептиң жайласқан орны (почта мәнзили)
4. Телефон номери
5. Электрон почта мәнзили (егер бар болса)
6. Банк реквизитлери
II. Мийманхана ҳаққында мағлыўмат:
7. Мийманхананың аты
8. Мийманхана жайласқан мәнзил
9. Көшпес мулктиң кадастр номери
10. Муўапықлық сертификаты алынған сәне ҳәм номери
11. Мийманханалардағы бөлмелердиң саны

 

(Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 20.05.2024ж. 09/24/ 287/ 0352-сан)