БМШтың ЮНЕСКО шөлкеми консултанты Томас Люкс Нѳкис қаласындағы “Жумысқа мәрҳәмат” моноорайында болып, бѳлимлердеги оқыў процеси менен танысты.
Шет елли мийман ЮНЕСКОныӊ “Ѳзбекстанныӊ аўыллық жерлеринде жумысқа жайласыў кѳнликпелерин раўажландырыў” жойбары, “Ѳзин-ѳзи баҳалаў” ҳәм “Ѳз-ара баҳалаў” темаларында семинар-тренинг ѳткерди.
Сондай-ақ, кәсиплик билимлендириўдиӊ сапасын жақсылаў, баҳалаў системасын жетилистириў ҳәм бул бойынша раўажланған мәмлекетлердиӊ моделлерине таяныў, кәсипке таярлаған пуқаралардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўде жоқары нәтийжелерге ерисиў жоллары ҳақкында моноорай қәнигелери менен пикир алмасты.
Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУдың Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги