Жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша республикалық ҳәм аймақлық  штаблар тәрепинен энергия ресурсларын талан-тараж етиў анықлаўға қаратылған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының мәлим етиўинше, Төрткүл районындағы “Ч.З.” шаңарақлық кәрханасы ис басқарыўшысы асхананы электр тармағына нызамсыз жалғап, жәми 1 миллиард 523 миллион сумлық электр энергиясын урлаған.

Усы жағдай бойынша Жаныят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, гүманланыўшы процессуал тәртипте усланды. Дәслепки тергеў даўамында жеткерилген зыяннан 550 миллион сумы өндирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги