Мәмлекетлик белгилер ҳәр бир мәмлекеттиӊ ғәрезсизлигин аӊлатыўшы муқаддес белги болып есапланады. Республикамыз мәмлекет белгилери халқымыздыӊ абырай-мәртебеси, тарийхый яды ҳәм умтылысларын өзинде сәўлелендирип, азат ҳәи еркин турмысымыз, жарық келешегимизге болған исенимимизди аӊлатады.
Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашының 1991-жыл 18-ноябрьдеги гезектен тыс VII сессиясында тастыйықланған мәмлекетлик байрақ – мәмлекетлик суверенитеттиң нышаны болып, ол жер жүзиниң усы аймақларында ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекети бар екенлигин аңлатады ҳәм өзинде миллий-мәдений дәстүрлеримизди жәмлейди.
Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пəклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жəмлегени менен əҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қəстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳəм бəлентлерге көтериў – ҳəр биримиз ушын ана Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Ол халықаралық мүнәсибетлерде Өзбекстан Ресупубликасыныӊ тымсалы болады.
Байрағымыз өзинде пүткил халқымыздыӊ арзыў-әрманларын, ғайраты ҳәм күшин, халқымызға сай миймандослық, баўыркеӊликти өзинде сәўлелендирген. Миллий байрағымыздыӊ желбиреп турыўы, түрли байрамларда, мәмлекетимиз ўәкиллери қатнасып атырған халықаралық көлемдеги илажларда, абырайлы спорт жарысларында, ареналарда Ўатанымыздыӊ тымсалы, халқымыздыӊ ар-намысын жарық сәўлелендириўи барлығымызға мақтаныш инәм етеди.
Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилген илаж көркем-өнер тараўы ўәкиллериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги