Елликқала районында да «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги кең көлемли абаданластырыў, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин отырғызыў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Усындай илажлардан бири Шарқ юлдузи аўыл пуқаралар жыйыны қапталынан өтетуғын үлкен жол бойында район ҳәкимлиги, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, нураныйлардың қатнасыўында өткерилип, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери отырғызылды.

Район ҳәкими В.Ниязимбетов “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде Президентимиз тәрепинен берилген әҳмийетли тапсырмаларды атап өтип,  орынланыўы бойынша жуўапкерлерге зәрүр ўазыйпалар белгиленди.

Атап өтилгениндей, жеримизде саяманлы ҳәм мийўели тереклердиң көбейиўи жасыл тәбиятымыз ушын пайдалы, экологиямыздың жақсыланыўы ушын әҳмийети үлкен.

Елликқалада 2024-жылғы гүзги мәўсимде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде 405 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў жумыслары алып барыў режелестирилген.


 


«Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илаж өткен еки күн даўамында да өткерилип оған Айрықша жағдайлар бөлими, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң районлық бөлими хызметкерлери менен жумысшылары белсене қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги