Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына Шымбай районы турғынлары да белсене қатнасып, қоршаған орталық ҳәм атмосфераның тазалығын сақлаўға, экологиялық дағдарыстың қәўпин кемейтиўге өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Соның ишинде, «Мәҳәлле абат -ел абат» сүрени астында өткерилип атырған гүзги нәл егиў жумысларына райондағы барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары, белсендилери, нураныйлар ҳәм көше бийлери белсендилик пенен қатнаспақта.
Атап айтатуғын болсақ, район аймағындағы 22 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынына 70 мың түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў режелестирилип, соннан бүгинги күнге шекем 30 мың аслам нәллер егилди.
-Жойбар шеңберде Тазғара аўыл пуқаралар жыйынында «Тазғара мәҳәлле бағы» жаратылып, бул бағқа 22 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны, аймақ белсендилери тәрепинен 500 аслам терек нәллери егилди,-дейди аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Садық Ибрагимов.-«Жақсыдан бағ қалады» дегениндей өзимизден жақсы ат қалдырыўға ҳәрекет етип атырмыз. Келешекте бул бағ өсип жетилисип, ондағы мийўелерден жас әўладларымыз жеп рәҳәтленсе, өзимизди оғада бахытлы сеземиз.
Районда гүзги терек нәллерин егиў жумыслары еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы