Усы жылы 16-ноябрь күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында уллы ойшыл ҳәм шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен сүўретке алынған «Әжинияз» кѳркем-публицистикалық фильминиң премьерасы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен уллы ойшыл бабамыздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилгени, шайырдың атын мәнгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының қосықлары ѳзбек, қазақ, қырғыз, әзербайжан, түрк, түркмен, рус ҳәм инглис тиллерине аўдарылды. Усы қутлы сәнени мүнәсип белгилеў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы қарар тийкарында ѳткен қысқа ўақыт ишинде уллы шайырдың юбилей сәнесине бағышланып кѳргизбелер, ҳәр қыйлы кѳрик-таңлаўлар, илимий-теориялық конференциялар, ушырасыў кешелери ҳәм басқа да мәдений-әдебий илажлар кѳтериңки руўхта ѳткерилмекте.

Атап өтилгениндей, «Әжинияз» фильми ушын мәмлекетлик бюджет есабынан 3 миллиард сум қаржы ажыратылып, бул қарақалпақ кино тарийхында биринши мәрте қысқа мүддетлерде сүўретке алынған фильм болды.  Фильмде шайырдың балалық ҳәм жаслық жыллары, дѳретиўшилик жолы, сол дәўир турмысы сөз етиледи. Бул фильм 19-ноябрь күни Ташкент қаласындағы Өзбекстан миллий кино өнери сарайында да ықласбентлердиң нәзерине усынылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги