Усы жыл 16-ноябрь күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде районлық Кеңеске сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, районлық Кеңестиң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Режесин тастыйықлаў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Бозатаў районы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы бийлигин тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Бозатаў районы ҳәкими лаўазымына Батырбек Уббиниязовты тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабан районлық Кеңестиң депутатлары тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Сессияда Батырбек Уббиниязов Бозатаў районы ҳәкими етип тайынланды.

Б.Уббиниязов усы күнге шекем Мойнақ районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги