Саламат, билимли, мәдениятлы жаслар мәмлекеттиң раўажланыўын ҳәм келешегин белгилеп беретуғын ҳәм жәмийетте унамлы өзгерислерди әмелге асырыўды ҳәрекетлендириўши күш болып табылады. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ең дәслеп ҳәр бир мәмлекеттиң ишки сиясаты болып, жаслар ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықларды муўапықластырыўға хызмет етеди.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы дүзилгенине 21 жыл болды. Сәне мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов жасларға партия тарийхы, жумыслары ҳәм мәмлекетимиздиң ҳәзирги сиясий турмысындағы орны ҳаққында мағлыўматлар берди.
Соның менен бирге, ушырасыўда 2024-жыл 27-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслерге болып өткен сайлаўларда белсене қатнасқан жаслар хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги