COP29 шеңберинде Әзербайжан пайтахты Баку қаласында Өзбекстан Миллий павильонында Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм Азия раўажланыў банки (АТБ) вице-президенти Йингминг Янг арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда министр вице-президентке быйылғы жылдың апрель айында Ташкент қаласында Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетине (Green University) сапары, сондай-ақ, АРБ тәрепинен Өзбекстанға климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў тараўында көрсетилип атырған турақлы жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў даўамында елимизде ҳүкимет тәрепинен усы бағдарда алып барылып атырған реформалар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Соның ишинде, министр Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Климат Кеңесиниң шөлкемлестирилиўи, Миллий климат сиясаты ҳәм Миллий климат стратегиясын ислеп шығыў ҳаққында айтты.

Сөйлесиўлер даўамында тәреплер бир қатар әҳмийетли мәселелер, атап айтқанда, жер деградациясы ҳәм шөллениў, аўыл хожалығына ең жаңа климат технологияларын енгизиў, Аралбойы экосистемасын тиклеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм Aral Climate Expo Hub шөлкемлестириўге итибар қаратты. Сондай-ақ, АРБ вице-президенти менен «Жасыл қала» жойбары да додаланды, оның шеңберинде ҳәр бир аймақ ҳәм оның ҳәкимшилик орайы ушын қоршаған орталықты қорғаў бойынша бас реже ислеп шықылады.

«Быйыл биз Өзбекстан менен жуўмақлаўшы бирге ислесиў стратегиямызды тастыйықладық. Үш тийкарғы мәселеден бири жасыл трансформацияны хошаметлеў болып, Экология, қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўи министрлиги басшылығында Орайлық Азияда климатқа бағдарланған мәмлекетлик сиясатына тийкарланған биринши кредитти табыслы бердик», – деди АРБ вице-президенти.

Ушырасыўда АРБның “Green University”ге болған үлкен итибарын инабатқа алып, сырт ел тәрепи университетке АРБ басшылығында арнаўлы оқыў бағдарлама ҳәм маманлық арттырыў курсын жолға қойыў, сондай-ақ, оның тийкарында өзиниң климат лабораториясын жаратыў имканиятларын көрип шығыў усыныс етилди, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги