Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти. Хабарда айтылыўынша, Баку қаласында өткерилген ушырасыўда Энергетика министрлиги ҳәм Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы арасында электр энергиясын сақлаў системаларын қурыў бойынша шәртнамаға қол қойылды. Бул жойбар республика бойлап улыўма қуўатлылығы 2000 МВт саат болған сақлаў системаларын жаратыўды нәзерде тутады.

Республикада бирден-бир болған энергетика системасын беккемлеўге қаратылған бул жойбар ҳәр қыйлы аймақларда үйрениў жумыслары өткерилгеннен соң олардың нәтийжелери тийкарында электр энергиясын сақлаў системалары басқышпа-басқыш енгизиледи.

Дәслепки есап-санақларға бола, жойбардың улыўма баҳасы 1,1 миллиард АҚШ долларын қурайды. Сондай-ақ, қурылыс процесинде 1000 нан артық жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

Еслетип өтемиз, бул келисимге БМШ Климат өзгериўи ҳаққындағы ҳадлы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (СОР-29) шеңберинде ерисилди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА