Нөкис районындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебинде «16-ноябрь – Халықаралық кеңпейиллик күни» ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Биз бир мәмлекетте жасаўшы бир халықпыз» атамасындағы мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажға район ҳәкимлиги, Нураный қоры, Руўхыйлық- ағартыўшылық орайынан жуўапкер хызметкерлер ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Онда Руўхыйлық- ағартыўшылық орайының Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халқымыз арасында аўызбиршилик тәмийинлеў ҳәм диний кеңпейилликти кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтип, жасларды мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиўге шақырды.
Илаж шеңберинде мектеп оқыўшылары тәрепинен миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти сәўлелендириўши қол өнери көргизбеси, сахналық көрнислер, туўысқан халықлардың миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары жыйналғанлар нәзерине усынылып, бул қатнасыўшылардың кеўиллерине өзгеше заўық бағышлады.
Сондай-ақ, усы сәне мүнәсибети менен илаж қатнасыўшылары «Дослық ушын» атамасындағы нәл егиў жумысларына белсене қатнасты.
Район аймағында кеңпейиллик ҳәптелиги даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы