Кеше Қатар пайтахты Доха қаласындағы «Жассим бин Ҳамад» стадионында футбол бойынша жәҳән чемпионаты-2026 3-таңлап алыў басқышы шеңберинде 5-тур ойыны болып өтти.
Онда өз топарында 2-орында киятырған Өзбекстан миллий сайланды командасы Қатар менен ушырасты ҳәм оғада қызықлы өткен ойында 3:2 есабында жеңилиске ушырады.
Атап айтқанда, ушырасыўды көтериңки руўхта баслаған майдан ийелери 25 ҳәм 41-минутларда Қатар ҳүжимшиси Али Алмоездың командамыз дәрўазасына урған голы есабынан есапта алдыға шығып алды.
Буннан соң сайланды командамыз ағзалары да гол урыў ушын көбирек ҳүжимлер шөлкемлестирди. Әсиресе, 2-таймда ойындағы үстинликти толық өз қолларына алған Сречко Катанец шәкиртлери 75 ҳәм 80-минутларда еки мәрте гол урыўға еристи. Бул еки голды да командамыздың үмитли жас футболшыларының бири Аббосбек Файзуллаев басы менен урыўға миясар болды.
Ойынның қалған минутларында да футболшыларымызда және бир неше мәрте гол урыў имканияты болды. Бирақ, бул имканиятлардан футболшыларымыз нәтийжели пайдалана алмады.
Ал, Қатар сайланды командасы болса, ушырасыўдың ең соңғы минутында яғный 112-минутта Ўткир Юсупов дәрўазасын анық нышанға алып, оғада қымбатлы болған үш упайды қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, 5-турда усы топардан орын алған және еки ойын болып өтти ҳәм онда Бирлескен Араб Әмирликлери Қырғызстанды 3:0, Иран мийманда Арқа Корея сайланды командасын 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи.
Солай етип, өткерилген 5-турдан соң, топарда 13 упай менен Иран жетекшилик етпекте. Екинши орындағы Өзбекстанда 10, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Қатарда 7, Қырғызстанда 3, Арқа Кореяда 2 упай бар. Командамыз өзиниң келеси ойынын Арқа Кореяға қарсы өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы