Өзбекстанның Биринши ханымы, «Zamin» халықаралық жәмийетлик фонды Қайырқомлық кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёева Бакуде болып өтип атырған Глобал климат саммитине қатнасыўы даўамында экобелсендилер менен биргеликте CОР29да шөлкемлестирилген Өзбекстан миллий павильоны менен танысты.
Мәмлекетимиз павильонының «Ишки турақлылық» темасындағы концепциясы өзбек шаңарағының қәлби ҳәм шаңарақлық үйлесимлилик белгиси болған дәстүрий ҳәўлиге тийкарланған. Павильон мәмлекетимиз климатына сай, ўақыт сынағынан өткенинен өткен турақлы, дәстүрий материаллар ҳәм ески усыллардан пайдаланылған ҳалда қурылған.
Саммит күнлеринде бул жерде жерлердиң қурғақшылыққа ушыраўы ҳәм шөллениўи, био ҳәр түрлилик, қалалардың климатқа шыдамлылығы, Аралбойы регионын тиклеў сыяқлы Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия регионының тийкарғы климат машқалаларын қамтып алған 30 дан артық илаж өткериледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Биринши ханымы Меҳрийбан Әлиева, Түркия Биринши ханымы Эмине Эрдоған ҳәм Қырғызстан Биринши ханымы Айгүл Жапарова менен биргеликте «Аўызбиршилик орайы» павильонына барды. Ол Түркия Президенти өмирлик жолдасының «Ноль шығынды» басламасы шеңберинде ҳәм Әзербайжан Президентиниң өмирлик жолдасы басшылығындағы Гейдар Әлиев қорының жәрдеминде ашылған.
Уллы мәртебели мийманларға усы шөлкемлердиң шығындыларды басқарыў, қайта ислеў, экологиялық бағдарламалар ҳәм инновациялық шешимлер, сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы жойбарлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Бул жерде Әзербайжанның Шамахи қаласында терек егиў кампаниясын баслаў мәресими болып өтти. Төрт мәмлекеттиң Биринши ханымлары аралықтан турып көклемзарластырыў илажларына старт берди.
ӨзА