Қоңырат районындағы Хорезм аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қоңырат мәмлекетлик тоғай ҳәм аңшылық хожалығына қараслы атыз майданында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаевтиң басшылығында көргизбели семинар болып өтти.
Оған Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов, райондағы аўыл хожалығы комплекси шөлкемлериниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.
Семинарда 2025-жылдың зүрәәти ушын шүдигарлаў жумысларын шөлкемлестириў комлексли илажларының орынланыўын тәмийинлеўдеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Атап өтилгениндей, егинлерден мол зүрәәт жетистириўде атызларды гүзги шүдигарлаўдың әҳмийети үлкен. Ата-бабаларымыз “Жерди сүрсең гүз сүр, гүз сүрмесең жүз сүр” деп бийкарға айтпаған. Себеби, сапалы өткерилген гүзги шүдигарлаў келеси жылдың мол зүрәәтине тийкар жаратады.
Жерлерди сапалы ҳәм тез арада шүдигарлаўға ерисиў ушын трактор ҳәм плугларды алдыннан жумысқа таяр ҳалатқа келтириў, атызлар сүримге таяр турыўы ҳәм шүдигарды дурыс шөлкемлестириў, механизаторларға қолайлы шараятлар жаратыў бәрқулла қадағалаўда болыўы зәрүр.
Илажда фермер хожалықларындағы гүзги агротехникалық илажлардың барысы, гүзги шүдигарлаў, жерлерди лазер усылында тегислеў, бийдай тәрбиясы, абаданластырыў, көклемзарластырыў жумыслары, “Жасыл мәкан” улыўма миллий ҳәрекети шеңбериндеги ўазыйпаларға да айрықша итибар қаратылды.
Суўғарылатуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыў, атыз мәдениятына итибар қаратыў – фермерлердиң дийқаншылықтан кепилликли экономикалық мәпдарлығына ерисиўдиң гиреўи екенлиги атап өтилип, бул жумысларды әмелге асырыўда арқайынлыққа жол қойылмаўы керек.
Суўдың үнемлениўине ерисиў мақсетинде салмаларды тазалаў ҳәм оларды бетонлаў, ғәлле тәрбиясына итибар қаратыў, атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыў, терек, тут, жүзим ҳәм мийўели нәллер егиўди көбейтиў ҳәм басқа да зәрүрли агротехникалық илажларды өз мүддетинде сапалы әмелге асырыў бойынша тараў хызметкерлерине тийисли усыныслар берилди.
Илаж даўамында “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде атыз шетлерине нәллер егилди ҳәм механизаторларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги