Ҳәр бир мәмлекетте руўхый жақтан жетилискен, өзине исенген, ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болса ҳеш қашан мәмлекеттиң экономикасы, онда жасаўшы халықтың жағдайы да төмен болмайды. Себеби руўхый жақтан бай, кәмил болып жетилискен инсан әлбетте жәмийетте өз орнын таба алады.
Қарақалпақстан Республикасында жумыссызлықтың алдын алыў кәмбағаллықты қысқартыў бойынша көплеген ислер әмелге асырылмақта. Халықтың жумыссызлық дәрежеси жыл басында 8,4 процентти қураған болса, жыл жуўмағында бул көрсеткиш 2 процентке кемейген.
Мәмлекет басшысының 2024-январь айында қабыл етилген «2024 –жылда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда усы жылы 120,7 мыӊ халықты турақлы мәўсимлик ҳәм ўақынша жумыслар арқалы бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы ислеп шығылды.
Қарар талаплары тийкарында шѳлкемлестирилген бос жумыс орынларыныӊ есабын жүргизиў ҳәм ашық айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде “yangiish.mehnat.uz” электрон бағдарлама иске түсирилип, министрлик тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылатугын улыўмаластырылған штаб шѳлкемлестирилди. Жыл басынан усы күнге шекем республика бойынша 112,8 мыӊ пуқараныӊ бәнтлиги тәмийинленди.
Президентимиздиң Сайхунабад ҳәм Үйши районларындағы хызмет сапары ўақтында берилген тапсырмасына тийкарланып, мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден пайдаланыў бойынша үлгили шаӊарақларды шѳлкемлестирип, халықтыӊ дәраматын арттырыў илажлары белгилеп берилди. Республикамыз аймағындағы усындай қыйтақ жеринен ѳнимли пайдаланып киятырған Тахтакөпир районы Өзбекстан аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Жаңабай Исмамутов өзиниӊ егислик жер майданында қыяр ҳәм көк шөп жетистирип, буларды сатыў арқалы 45 миллион сум дәраматқа ерискен. Ол ѳзиниӊ бәнтлигин тәмийинлеп қоймастан, аймақтағы бир неше пуқараны жумыс пенен тәмийинлеп келмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке кѳмеклесиў министрлиги тәрепинен 2024 жыл 11 мың пуқараны кәсипке оқытыў режелестирилген болып, ѳткен ай жуўмағы бойынша 11,7 мыӊ жумыссыз мектеп питкериўшилери кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменлик кѳнликпелери бойынша оқытылды. Министрлик қурамындағы 1 «Жумысқа мәрҳамат» моно орайы, 3 кәсип өнерге оқытыў орайы ҳәм 48 мәҳәлле орайларындағы питкериўшилерге ҳәким жәрдемши бириктирилип, олардың бәнтлиги бақлаўға алынған. Бул орайды питкерген 4 мың 686 жумыссыздан 3 мың 562 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген.
Мәмлекетлиқ Мийнетти қадағалаў инспекциясы тәрепинен усы күнге шекем 651 мийнет тексериў ҳәм үйрениў жумыслары алып барылған ҳәм 4 мың 109 нызам бузылыў жағдайы анықланған. Анықланған нызам бузылыў жағдайлары тийкарынан билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, транспорт, финанс-банк ҳәм экономика тараўларында жүзеге келген. Мийнет қәўипсизлиги ҳәм бузылған ҳуқықларын тийклеў мақсетинде 1 мың 317 пуқараныӊ мүрәжаты кѳрип шығылып, соннан 815 пуқараның бузылған мийнет ҳуқықы тикленди.
Мәмлекетте кәмбағаллықты қысқартыў, халыққа социаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде министрлик қурамындағы фондтан 27,1 миллиард сум қаржы ажыратылған. Бул алып барылып атырған реформалар мәмлекеттиң экономикасын көтериўге, халықтың қәўипсизлигин тәминлеўге хызмет етери сѳзсиз.
Санавар ЖУМАНИЯЗОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке кѳмеклесиў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң баслығы.
Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУдың Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги