Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәтине бола 11-ноябрь күни әмелий сапар менен Ар-Рияд қаласында болды.
Патша Ҳолид атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Ар-Рияд ўәлаятының басшылығы – шахзада Муҳаммад бин Абдурахмон бин Абдулазиз ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев гезексиз тысқары араб-ислам саммиттинде шығып сөйледи.
Саудия Арабстаны басшылығында өткен илажда Жақын Шығыс, Орайлық ҳәм Қубла Азия, Африка континенти жетекши мәмлекетлериниң мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик басшылар қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, халықаралық жәмийетшиликтиң Газа ҳәм Ливандағы кескинликти азайтыў, жүзеге келип атырған жағдайды тез пурсатта сиясий жол менен шешиўге қаратылған ҳәрекетлерди бирлестириў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы глобал сиясат күн тәртибиндеги ең өткир ҳәм аўыр машқала – Палестина машқаласына бағышланған саммитти шөлкемлестиргени ушын Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасқоры Муҳаммад бин Салмон Ол Саудқа айрықша миннетдаршылық билдирди.
2023-жылы Ар-Рияд қаласындағы мәжилистен кейин өткен ўақыт ишинде усы урыс көлеми және де кеңейип, Ливан аймағын да қамтып алғаны өкиниш пенен атап өтилди.
Президентимиз Палестина-Израиль машқаласын тынышлық ҳәм дипломатия жолы менен шешиўге қаратылған барлық әмелий басламаларды толық қоллап-қуўатлады.
Усы самитте глобал ҳәм регион дәрежесинде нәтийжели механизмлер ҳәм анық шешимлер ислеп шығылып, турмысқа енгизилиўине исеним билдирилди.
Әскерий ҳәрекетлерди жеделлик пенен тоқтатыў, қәўипсиз гуманитарлық коридорларды тәмийинлеў ҳәм тынышлық сөйлесиўлерин баслаў мәселелери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы итибар орайында турыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ески ҳәм бай тарийхқа ийе палестин халқы 1967-жылдағы шегаралар шеңберинде, пайтахты Шығыс Қудус болған ғәрезсиз ҳәм азат мәмлекетти дүзиўге толық хақлы екени атап өтилди.
Усы мәнисте, Саудия Арабстанының басламасы менен шөлкемлестирилген Еки мәмлекет шешими ушын глобал альянс жумысы қоллап-қуўатланды.
Буннан тысқары, Палестина ҳәм Ливан аймағындағы гуманитарлық кризистиң алдын алыў мақсетинде жетекши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Арнаўлы агентлиги шеңберинде жәрдем көлемин кеңейтиў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы урыста жәбир көрген палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды Өзбекстан емлеўханаларында бийғәрез емлеўге таяр екенлигин атап өтти.
Палестина халқына әмелий жәрдем көрсетиў мәселелерин келеси жылы Самрақандта өтетуғын «Буғаз араб мәмлекетлери – Орайлық Азия» саммитинде де додалаў нийети билдирилди.
Президентимиз муқаддес Ал-Ақса мешити, Қудустағы басқа сийрек ушырасатуғын тарийхый-мәдений естеликлердиң қолқатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм оларды сақлап қалыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы усы ушырасыў Жақын Шығыс машқаласын шешиўде үлкен қәдем болыўына үмит билдирди.
Сөйлесиўлерден соң тәреплер келиспеўшиликтиң сиясий-дипломатиялық шешимин жедел излеўге садық екенлигин тастыйықлайтуғын биргеликтеги резолюция қабыл етти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстаны Патшалығы Мийрасхоры, Бас министри Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан- Саудия көп-қырлы қатнасықларын және де азайтыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Ар-Риядтағы айрықша саммит өз ўақтында шөлкемлестирилгени ҳәм үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Түрли дәрежелердеги белсене сөйлесиўлер менен алмасыўлар даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артып бармақта.
«Жасыл» энергетика, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, коммуниккациялар тараўында, аўыл хожалығы, санаатта жаңа биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Болажақ жоқары дәрежедеги илажларға, соның ишинде, 2025-жылы Самарқанд қаласында болып өтетуғын «Буғаз араб мәмлекетлери – Орайлық Азия» екинши саммитине таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан жетекшиси пуқараларымыздың Ҳаж ҳәм Умра зыяратларын өтеўге жаратылған шараятлар ушын Саудия Арабстаны басшылығына миннетдаршылық билдирди.
Регионналлық мәселелер, соның ишинде, Жақын Шығыстағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бойынша да пикир алысылды.
Сол күни мәмлекетимиз басшысы Саудия Арабстаны энергетика министри шахзада Абдулазиз бин Салмон Ол Саудты қабыл етти.
Биргеликтеги инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ҳәм «жасыл» энергетика тараўында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан энергетика тараўын тиккелей инвестициялар ҳәм алдынғы технологиялар тийкарында модернизациялаўда белсене қатнасып атырған жетекши «ACWA Power» компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Мәмлекетимиз аймақларында самал ҳәм қуяш электр станцияларын қурыў, сондай-ақ, «жасыл» водород ислеп шығарыў жойбарларын жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда локализациялаў ҳәм кәрханалар энергия нәтийжелилигин арттырыў процесслерине Саудия Арабстаны компаниялары ҳәм мәсләҳәтшилерин тартыў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстаны инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳти қабыл етти.
Жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы шеңберинде әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, бәринен бурын, Өзбекстанда тийкарғы инвестиция жойбарларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыў көлеми, кооперация көлеми ҳәм авиақатнаўлардың саны артып бармақта. Быйылғы жылдың жуўмағы менен елимизге Саудия Арабстаны компанияларының дерлик 2,5 миллиард долларлық инвестициялары тартылыўы күтилмекте.
Өз-ара пайдалы тараўларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласында өткерилетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисине пуқта таярлық көриў зәрүр екнелиги атап өтилди.
Соның менен, Ар-Риядқа әмелий сапар шеңбериндеги илажлар жуўмақланды.
Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиевтиң мирәтине бола әмелий сапар менен Баку қаласына келди.
Гейдар Әлиев атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан экономика министри Микойил Жабборов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.
Сапар шеңберинде Өзбекстан жетекшисиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (COP29) илажларында қатнасатуғын нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз Президенти, сондай-ақ, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.
COP29 шеңберинде делегациямыз тәрепинен жерлердиң эррозияға ушыраўы ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў, экологиялық тәлимди раўажландырыў ҳәм климат күн тәртибин алға қойыўда жаслардың орнына бағышланған жоқары дәрежедеги илажлар өткериледи.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы шөлкемлестирилген Миллий павильонында Аралбойы регионының социаллық-экологиялық машқалаларын шешиў, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергия ҳәм суў үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, биотүрлиликти сақлаў ҳәм басқа бағдарларда 20 дан аслам қосымша илаж өткерилетуғыны режелестирилген.
ӨзА