11-ноябрь – “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен спорттың волейбол түри бойынша «Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен аўқам  комитети кубоги» ушын қызлар арасында жарыс болып өтти.

Оған республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасып, кубок жеңимпазлығы ушын қызғын беллесиўлер алып барды.

Қызықлы ҳәм кескин ойынларға бай болған жарыс соңында, биринши орынды Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби командасы жеңип алып, кубокти қолға киргизиўге еристи.


Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Тахтакөпир ҳәм Төрткүл районлары спорт мектеби командалары  жеңип алды.

Сондай-ақ, бул жарыста «Ең жақсы ойыншы» номинациясы бойынша да жеңимпазлар анықланып, онда Елликқала ҳәм Кегейли районлары спорт мектеби тренерлери Мавжуда Комилжанова ҳәм Камила Турмановалар жеңимпаз деп табылды.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар ҳәм номинация жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы