Нөкисте «Жасыл келешек» улыўма республикалық марафоны шеңберинде «Зиялылар бағы» шөлкемлестирилди.

Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Жасыл келешек» улыўма республикалық марафоны шөлкемлестирилди.

Кең масштабта өткерилген экологиялық илажға Өзбекстан Республикасының барлық аймақларынан 100 ден аслам жоқары оқыў орынларының басшылары, профессор-оқытыўшылар, илимпаз қәнигелер ҳәм белсенди студент-жасларындан ибарат 1500 ден аслам адам қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, улыўма республикалық марафон қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирди ҳәм Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде 2 миллион гектарға шамалас дузлы қумда жасыл тоғайлықлар пайда етилгенлиги, бундай ийгиликли жумыслар еле де үлкен шөлкемлескенлик пенен даўам етип атырғанлығын атап өтти.

Соң «Жасыл келешек» улыўма республикалық марафонына старт берилди. Қатнасыўшылар Нөкис қаласында 8 гектарлық майданда жақсы нийетлер менен жергиликли климат шараятларына бейимлескен терек нәллерин отырғызып, «Зиялылар бағы»н шөлкемлестирди.

Марафонға онлайн телекөпир арқалы республикалық жоқары оқыў орынларының мийнет жәмәәтлери де қатнасып, тараўда «Жасыл мәкан» улыўма миллий акциясы жоқары шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди. Мәденият ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы марафон қатнасыўшыларының кеўиллерине хош кейпият бағышлады.

Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги