Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўда тийкарғы реформалар ҳәм әҳмийетли бағдарламаларды табыслы әмелге асырыў бойынша үлкен хызметлери, өзиниң пидайы мийнети, билим ҳәм тәжирийбеси менен халыққа тез жәрдем көрсетиў сапасын жоқарылатыў, алдыңғы сырт ел тәжирийбе ҳәм емлеў усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеўге мүнәсип үлес қосып киятырғаны, жоқары кәсип шеберлигине ийе кадрларды таярлаў жолындағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
II дәрежели «Саломатлик» ордени менен
Мауленов Бабараушан Жумабаевич | – | Шоманай районы медицина бирлеспесиниң қабыллаў бөлими анестезиолог-реаниматологы |
«Дўстлик» ордени менен
Сметова Гулнар Жолдасбаевна | – | Кегейли районындағы «Ақтуба» шаңарақлық шыпакерлик пункти улыўма әмелият шыпакери |
«Шуҳрат» медалы менен
Тангирбергенов Рустам | – | Республикалық тез жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалының Беруний районы бөлими айдаўшысы |
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2024-жыл 8-ноябрь